Мәлимлеме-ресурс орайы оқыӯ процесси ишиндеги екинши аудитория болып есапланады. Себеби, ҳәр бир студент-жаслар мәлимлеме-ресурс орайынан өзине зәрүр китапты табады ҳәм излеген билим дерегине ийе болады. Китаптың имканиятларынан және де нәтийжели пайдаланыӯда китап көргизбелериниң шөлкемлестирилиӯи үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, китап көргизбелери жаслардың бос ӯақтын мазмунлы өткерип, оларды китап оқыӯға қызықтырады.
Усы жылдың 12-апрель күни Мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен техника факультетинде «Китапханашы-китапқумарға көмекши» атамасында китап көргизбеси шөлкемлестирилди. Көргизбеге университет профессор-оқытыӯшыларының соңғы жыллары баспадан шыққан сабақлық ҳәм оқыӯ қолланбалары, сондай-ақ, техника тараӯына тийисли болған китаплар қойылды. Көргизбеге қойылған китаплар бойынша мәлимлеме-ресурс орайының қәнигелери А.Исмаилова, Б.Қазақбаева, М.Алламбергеновалар библиографиялық шолыӯ жасады. Көргизбедеги жаңа китаплар менен танысыӯ барысында оқытыӯшылар ҳәм талабалар усындай көргизбелер көплеп өткерилиӯин айтып, бундай көргизбелер әдебиятларды ашық түрде көриӯимизге, биймәлел танысыӯымызға имкан жаратады деп өзлериниң пикирлерин билдирип өтти.
Көргизбе даӯамында мәлимлеме-ресурс орайының қәнигелери М.Даулетмуратова, А.Алучиев, З.Ималатдиновалар тәрепинен “Президент китаплары” ҳәм Мәлимлеме-ресурс орайында ҳүжжетлерди аралықтан электрон жеткерип бериӯ, АРМАТ++ Бағдарламасының http://armat.edu.uz сайты арқалы оқытыӯшы ҳәм талабалардың электрон ресурслардан пайдаланыӯ мүмкиншиликлери бойынша слайдлар таярланып, студентлерге түсиниклер берилди.
Г.Алланиязова,
МРО қәнигеси.

