Маған да бес қойың, устаз…

Билим бул – тәжирийбе тийкарында топланады. Ал билимди беккемлеў ушын, әлбетте, оны әмелде қолланыў керек. Мине усы мақсетте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары 1‑басқыш студентлери 1-апрельден баслап әмелиятқа шықты. «Әмелияттың дәслепки 2 ҳәптеси даўамында шет тилинде оқыў ҳәм оқытыў ушын баспадан шыққан әдебиятлар менен таныстық. Сондай-ақ, Өзбекистандағы және сырт елдеги инглис тилин оқытыў стандартлары, IELTS ҳәм TOEFL халық аралық тест системаларының парқын әмелият топары басшымыз түсиндирип өтти», – дейди Дүйсенбаева Малика. Әмелияттың кейинги 3-ҳәптеси жүдә табыслы болды. Себеби студентлер теориялық алған билимлерин әмелде қолланыў ушын Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейине бардық. Бул жерде өзлеримизге бириктирилген топарларда лицей оқыўшыларына сабақ өтпектемиз ҳәм соның менен бирге сабақты бақлап атырмыз. «Әлбетте, бул бизлер ушын танысыў әмелият болып есапланады, соған қарамастан лицей оқыўшыларының талапшаңлығы ҳәм билимлиги бизлерди қуўандырды. Ал, олардың арасындағы айырымлары бизди муғаллим деп атап, бизге де бес қойың, устаз, деп талап етиўи бизди жәнеде қуўанышқа бөлейди. Буннан сайын устазлық кәсибине деген қызығыўшылығым жәнеде артады», – дейди 108‑топар студенти Ерназарова Айсанем. «Муғаллим ҳәм устазлық ең әдиўли кәсип. Өсип киятырған әўладқа дурыс тәрбия бериўде, олардың билимлм кадр болып жетилисиўинде устаздың орны бөлекше. Келешекте еледе билимимди жетилистирип, билимли жасларды тәрбиялаўда өз үлесимди қосаман», – дейди Искендерова Сахибжамал.

 

Бабаниязов Шыныбай, инглис тили ҳәм

әдебияты қәнигелиги 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер