Бәнтлик мәселелерине арналды

Өткен күни Бердақ миллий музейинде Қарақалпақстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте «Мийнет ҳәм бәнтлик тараўындағы тийкарғы принциплер ҳәм ҳуқықларға әмел етиў мәселелери» атамасында семинар болып өтти.

Семинарды университеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ашып берди ҳәм алып барды.

Оған университет профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.

 Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң инспекциясы баслығы А.Нурымбетов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлими аға прокуроры Б.Рахманов, Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң бөлим баслығы П.Турсыновлар сөзге шығып, мийнет қатнасықлары ҳәм бәнтлик мәселелери бойынша түсиниклер берди.

Илаж өз ара пикир алысыўлар менен даўам етти.

Ж.Искендеров,

Журналистика қәнигелигиниң студенти.

Пайдалы дереклер