«Айт сен Аязийдиң қосықларынан» атамасында таңлаў шөлкемлестирилди

«Сайра, достым, әлҳаўада пырпырлап,

Саз бенен сәўбетсиз дәўран болды ма.

Сен көкте, мен жерде буншелли шырлап,

Сүймегенде, оннан Ўатан болды ма!»

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультетинде Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, уллы сөз зергери, поэзия жулдызы шайыр Ибрайым Юсупов туўылғанына 90 жыл толыўы мүнәсибети менен «Айт сен Аязийдиң қосықларынан» атамасында таңлаў шөлкемлестирилди.

Илажды факультетимиз деканы Джавод Қурбанбаев ашып берди.

Факультетимиз белсенди студент-жаслары сәлемнама, дәсме-дәс айтыс, өз өнерлерин көрсетиў ҳәм викторина сораўлары шәртлери бойынша өз ара беллести.

Қатнасыўшылардың билими, өнери, тапқырлығы ҳәм зийреклигине қарай нәтийжелер баҳаланып, жеңимпазлар ҳәм номинантлар арнаўлы диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Усындай таңлаўлар, әдебий кешелердиң шөлкемлестирилиўи студент-жаслар арасында қарақалпақ әдебиятына, мәдениятына, көркем өнерине деген сүйиспеншилигин еле де арттырады. Китапқумарлық мәдениятының кең ен жайыўына хызмет етеди ҳәм олардың келешекте кәмил инсан болыўында үлкен тәсир тийгизиўине исенемиз.

С.Джалменова,

Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты бағдарының 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер