Бүгинги күнде мәмлекетимизде көркем әдебиятка, мәдениятқа үлкен итибар қаратылып, әсиресе, халқымызға хызмет еткен дөретиўши тулғалардыӊ исмин мәӊгилестириў, олардыӊ өлмес мийрасларын келешек әўладларға жеткерип бериў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Буныӊ айқын көриниси сыпатында, ҳүрметли Президентимиздиӊ басламасы менен пайтахтымызда И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатыныӊ ашылыўын, және, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниӊ 22-апрель күнги мәжилис Баянламасы тийкарында И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардыӊ 90 жыллық юбилейлерин республикалық көлемде кең түрде өткерилип атырғанлығын атап өтсек болады.
Усы жылдың 29-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардың 90 жыллығы бағышланған «Әдебиятымыздың жарқын жулдызлары» атамасында республикалық илимий-теориялық конференциясы болып өтти.
Илажды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.
Кешеде «Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы, сенатор Г.Аннақлычева, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қорының баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов, университет профессоры Б.Абдикамалов ҳәм басқалар шығып сөйледи.
Сондай-ақ, конференцияда профессор Қ.Жаримбетов, доцент П.Нуржанов, университеттиң таяныш докторантлары Т.Орынбаев ҳәм М.Палымбетовалар И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардың дөретиўшилиги бойынша баянатлар жасады.
Ҳақыйқатында да, И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлар ХХ әсирдеги қарақалпақ әдебиятын бийик шыңларға алып шықты. Бири поэзия, бири проза тараўын дүнья әдебияты менен тутастырды. Олардыӊ шығармаларындағы Ўатансүйиўшилик, азаматлық, пәк муҳаббат, дослық, туўысқанлық, ҳадаллық ҳәм оған садықлық идеялары халқымыздыӊ көркем-эстетикалық ой-дүньясын байытты. Олар қарақалпақ тилиниң шекленбеген кең, бай мүмкиншиликлери тийкарында образлы ойлаўдың жаңа формаларын өзлериниң дөретиўшилигинде көрсете алды.
Илаж даўамында елимизге белгили жазыўшы-шайырлар, И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардың шаңарақ ағзалары шығып сөйлеп, шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылықларын билдирди.
Баспасөз хызмети.

