Елбасшымыздың тиккелей басламасы менен туризм тараўын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы 2018-жыл 3-февральдағы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы туризмди раӯажландырыӯ ҳәм қолайлы шараятлар жаратыӯ бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПФ-5326-санлы Пәрманының орынланыӯын тәмийинлеӯ, сондай-ақ, аймақлардың экономикалық ҳәм сиясий раӯажланыӯында туризмниң әҳмийетин жәмийетке танытыӯ мақсетинде Тарийх ҳәм ҳуқық факультетиниң студент-жаслары «Өзбекстан бойлап саяхат қыл» ураны астында ишки туризмди раӯажландырыӯ мақсетинде Хийӯа қаласына саяхат қылды.
Мақсет – мәмлекетимиздеги мәдений мийрас ҳәм тарийхый орынлар менен жақыннан танысыӯ есапланады.
Саяхат студент-жасларда жақсы тәсирлер қалдырды.
И.Елмуратов,
Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.
