«Жаслар арасында қарым-қатнас, тәрбия психологиясы» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди

Усы жылдың 27-апрель күни Шет тиллери факультетинде студент-жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде АИВ/АИЖС кеселлиги, темеки шегиў ҳәм нәшебентлик сыяқлы иллетлердиң алдын алыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.

Илажды факультет деканы Дж.Қурбанбаев сөзге шығып, өз сөзинде бүгинги күнде республикамызда жасларымыздың саламатлығын беккемлеўде АИВ/АИЖС кеселлиги, темеки шегиў ҳәм нәшебентлик сыяқлы иллетлердиң алдын алыўда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар хаққында айтып өтти.

2-санлы республикалық психоневрологиялық диспансериниң шыпакери М.Айтымбетов «Депрессия бүгинги дәўир кеселлиги» атамасында баянаты менен қатнасты. Ол өз баянатында депрессия қәўипли кеселлик болып, инсанлардың мийнет искерлигин кескин төменлетиўи, наўқастың тек өзи ғана емес, ал, оның жақынлары да қыйналыўы хаққында айтып өтти.

Буннан соң университет психологы Г.Реймбаева «Қарым қатнас, тәрбия психологиясы» атамасында өз баянаты менен қатнасты. Ол өз баянатында Инсаниятқа ҳәм симптомға бағдарланған клиникалық сәўбетлесиў усыллары ҳаққында айтып өтти.

Илаж соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелер тәрепинен тийисли жуўаплар алды.

Т.Кулниязов,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

R
R
R

Пайдалы дереклер