Музейдеги көргизбели сабақ

Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейинде Әжинияз атындағы НМПИ  жанындағы ХБХҚТ ҳәм ОҚАА орайы тарийх курсы тыңлаўшыларына  “Тарийх  пәниниң үйрениўде Репресссия қурбанларын еслеў музейи материалларынан пайдаланыў” темасында музей менен бирге көшпели сабақ  өткерилди.

Көшпели сабақты Музей директоры А.Қудияров алып барды ҳәм Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 22-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинети қасындағы Репрессия қурбанларын еслеў мәмлекетлик музейи ҳәм аймақлардағы Жоқары билимлендириў орынлары қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейлерин шөлкемлестириў бойынша ис-илажлары ҳаққында»ғы 936-санлы қарарының орынланыўының кейинги басқышлары, музейдиң  бас мақсети  ҳаққында  кең  түрде  айтып өтти берди.

Буннан соң музей хызметкери А.Алимбетов Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанлары еслеў музейи Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың усынысы менен шөлкемлестирилгенлигин, музейдиң бөлимлери, топланған экспонатлар, музей хызметин жетилистириў бойынша исленип атырған жумыслар хаққында кең түсиник түрде  берип өтти.

Сабақ барысында Аймақлық орайдың «Социал-экономикалық пәнлер методикасы» кафедрасы аға оқытыўшысы Т.Ганиев, окытыўшы Г.Алламуратов, Нөкис қалалық ХББ не қараслы 19-санлы мектептиң тарийх пәни оқытыўшысы З.Қулжанова, Нөкис районы ХББ не қараслы 20-санлы мектептиң тарийх пәни оқытыўшысы Р.Даўылбаевлар шығып сөйлеп, өткерилген көшпели сабақлар, музейлердиң тарийхымызды үйрениўдеги әҳмийети ҳаққында  өзлериниң пикир ҳәм усыныслар билдирип өтти.

     Бундай көшпели сабақлардың өткерилиўи музейдиң басқа жоқарғы оқыў орынлары, мектеп лицей менен бирге ислесиў жумысларын еле де жетилистириў, сабақ барысында музей материалларын кеңнен пайдаланыўда, музейлердиң халкымыз тарийхын үйрениўдеги орнын көрсетип береди.

А.Алимбетов,

Музей хызметкери.

Пайдалы дереклер