Дыққат, дағаза!!!

«Адам саўдасы – дәўир машқаласы» таңлаўы өткериледи

Университет студентлери арасында «Адам саўдасы – дәўир машқаласы» атамасында  мақалалар ва шығармалар таңлаўы өткериледи. Таңлаўдың факультет басқышы усы жылдың 10-24-май күнлери аралығында өткериледи. Таңлаўдың еки бағдары бойынша қатнасқан студентлер өз мақалаларын ҳәм шығармаларын өзлери оқып атырған факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарларына бериўлериңиз тийис.

Таңлаў критериялары:

Таңлаўға усыныс етилетуғын мақалалар төмендеги критерияларда баҳаланады;

– теманың мәнис-мазмунын толық ашып берилиўи;

– дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық тәрептен дурыс жазызғанлығы;

– теманы жартыўда әдебиятлардан пайдаланыў дәрежеси ҳәм анализлеў ҳәм еркин пикирлердиң анық билдирилгенлиги;

–    теманы жарытыўда өзине тән дөретиўшилик тәреплерин сәўлеленгенлиги;

– теманы жарытыўда турмыслық мысаллардан кең пайдаланғанлығы;

– темаға байланыслы актуал мәселелер, олардың шешимлери ҳаққында усыныслар келтирилгенлиги.

–    Ҳәр бир критерия 10 баллық тийкарында баҳаланады (жәми 60 балл) ҳәм де шығарма ҳәм мақалалар тәрепинен жазба көринисинде баян етиледи.

Таңлаўдың еки бағдары бойынша университет басқышында жеңимпаз болған студентлер төмендегише сыйлықланады:

1-орын (350000) сум ҳәм  1-дәрежели диплом,

2-орын үш жүз мың  (300000) сум ҳәм  2-дәрежели диплом,

3-орын еки жүз мың  (200000) сум ҳәм 3-дәрежели диплом.

Сондай-ақ, таңлаўдың университет басқышында жеңимпаз болган 1-2-орынды ийелеген студентлердиң мақалалары хәм шығармалары таңлаўдың Республикалық басқышына усыныс етиледи.

 

Пайдалы дереклер