«Биз коррупцияға қарсымыз» атамасында өткерилетуғын «Ең жақсы плакат» ҳәм «Ең жақсы мақала» номинацияларының таңлаў режеси

Таңлаўдың тийкарғы мақсети – жаслардың ҳуқықый мәдениятын асырыў, жәмийетте коррупцияға болған унамсыз көз-қарасты қәлиплестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында коррупциядан аўлақ болыў бойынша илажларды әмелге асырыў, коррупция ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оның ақыбетлери, себеплери ҳәм келтирип шығарған шараятларды сапластырыў ҳәм де коррупциялық ҳуқықбузарлықлар жүз бергенлиги ушын жаза бар екенлигин терең аңлатыў, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары студентлерин дүньялық, ўатанпәрўарлық руўхында тәрбиялаўға қаратылған руўхый-ағартыўшылық жумысларының тәсиршеңлигин асырыў, жасларымызды ҳәр тәреплеме саламат ҳәм баркамал етип тәрбиялаўға, өз белсендилигин көрсетиўлери ушын шараятлар жаратыў ҳәм де еркин ҳәм жеке пикирге ийе талантлы жасларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Таңлаўға усыныс етилетуғын мақалалар төмендегише критерияларда баҳаланады:

теманың мәнис-мазмунын толық ашып берилгенлиги (илмий, рәсмий, көркем критерияларга сай ҳәм тема актуаллығына көре);

дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық тәрептен дурыс жазылғанлығы;

теманы жарытыўда өзине тән дөретиўшилик дәрежеси сәўлеленгенлиги;

 теманы жарытыўда турмыслық мысаллардан кең пайдаланғанлығы ҳәм минталетитимизге сай дереклер жарытылганлығы;

темаға байланыслы актуал мәселелер, олардың шешимлери ҳаққында усыныслар келтирилгенлиги.;

мақалада гилт сөзлер, өзбекше, русша ҳәм инглисше аннотациялардың барлығы.                                                             

усыныс етилген мақалалардың көлеми 8-10 нан 16-20 беткеше болыўы мүмкин.

-ҳәр бир критерия 10 баллық система тийкарында баҳаланады (улыўма 70 балл).

Таңлаўға усыныс етилген плакатлар төмендеги критерияларда баҳаланады:

        – таңлаў темасының мәнис-мазмунын толық ашып берилгенлиги ;

– өзине тән өзгешелиги, образлылық, сезимлилик, сәўлеленгенлиги дәрежеси;

–  жаңаша көз-қараслар, еркин пикирлер ҳәм дөретиўшилик тәреплери сәўлеленгенлиги;

– плакатта турмыслық мысаллардан кең пайдаланғанлығы ҳәм менталитетимизге тән дереклердиң жарытылғанлығы;

– усыныс етилген плакатлар А1, А2 ҳәм А3 көлемде болыўы мүмкин.

-ҳәр бир критерия 10 баллық система тийкарында баҳаланады (улыўма 40 балл).

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер