Жаслар арасында идеологиялық иммунитетти қәлиплестириӯге байланыслы илаж шөлкемлестирилди

Илажда Тарийх ҳәм ҳуқық факультети декан орынбасары И.Елмуратов сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-марттағы «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын еле де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде факультет  студент-жаслары арасында «Жаслар арасында идеологиялық иммунитетти қәлиплестириӯ ҳәм ҳуқықый саӯатқанлығын арттырыӯ», «Адам саўдасы қәўипли жынаят», «Террористлик  ҳәм экстремистлик ҳәрекетке қарсы  гуресиӯ – ҳәр биримиздиң ӯазыйпамыз» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиӯ басқармасы аға оператив ӯәкили, подполковник У.Қурбанбаева ҳәм майор Ж.Тоқсабинов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы аға инспекторы, капитан С.Ибрагимовлар өз баянатлары менен қатнасты.

Баянатшылар өз сөзинде ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде тийкарғы машқалаға айланған адам саӯдасы, күш ислетиӯ менен қорқытыӯ, күш ислетиӯ ямаса басқа да түрлеринен пайдаланып, қуллыққа яки қуллыққа уқсас әдетлерди пайда етиӯ глобал машқалаға айланғанын айтып өтти.

Илаж соңында дин жолында адасқанлар ҳаққында видеофильм қойып берилди.

Ф.Бердибаев,

Журналистика тәлим бағдары 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер