XXI әсир информациялық технологиялар әсири дегенимиздей, бүгинги күнде компьютер технологияларынан пайдаланыўды билмейтуғын адам санаўлы. Компьютер саўатханлығы мәмлекетимизде ҳәр бир тараўда зәрүр. Алға умтылған, жетик кадр болып жетисиўди мақсет қылған ҳәр бир инсан компьютерде ислей алыў, оннан жақсы пайдаланыўға тырысады.
Жаслардың жетик қәниге болып жетилисиўин мақсет қылып, олардың ўақытларын үнемлеп, излеген мағлыўматларын тезирек таўып алыўы ушын Мәлимлеме-ресурс орайы қәнигелери 2019-жылдың 3-май күни Қарақалпақ филологиясы факультетинде «Жаңа имканиятлар» атамасында ушырасыў ҳәм көргизбе кешесин өткерди.
Көргизбени факультет деканы Қ.Турдыбаев баслап берди. Буннан соң, китапханадан пайдаланыўдың автоматластырылған системасы АРМАТ бағдарламасы ҳаққындағы презентациясы менен А.Алучиев шығып сөйлеп кеңирек таныстырды.
Бул бағдарламадан ҳәзирги күнде локал, корпоратив ҳәм глобал тармақларда пайдаланыўлары мүмкин. Мәлимлеме-ресурс орайына ағза болған ҳәр бир китапханға логин, пароль берилип, компьютер арқалы керек китапларына буйыртпа бериў, электрон нусхаларын алыў, жеке кабинетке ийе болып өзиниң оқыған китаплары яки китап қарызлары ҳәм басқа да мағлыўматларды көриў имканиятлары жаратылды.
Сондай-ақ, өткизилген көргизбеде М.Даулетмуратова Мәлимлеме-ресурс орайына келген қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарына тийисли китапларға библиографиялық шолыў жасады, З.Ималатдинова 9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» алдынан жасларымызды Ўатанына садық болыўға бағдарланған «Мард ўғлонлар номи барҳаёт» китабына презентация өткерди.
Жаңадан келген әдебий китаплар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Мәлимлеме-ресурс орайынан А.Исмаилова ҳәм Б.Казакбаевалар өз хызметлерин аямады.
Көргизбе даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
А. Алучиев,
Мәлимлеме-ресурс орайының информациялық технологиялар
бойынша жетекши қәнигеси.
