Усы жылдың 30-апрель күни Шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 9-ноябрь күнги 917-санлы буйрығы талапларын орынлаў мақсетинде Шоманай районы 9-10-18-29-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде илажлар шөлкемлестирди.
Илаж даўамында инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы Д.Хаджиева, ассистент-оқытыўшылар Д.Джумамбетова, Н.Асенов ҳәм факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Т.Кулниязовлар “Мектеплерде инглис тилин үйретиўдиң инновациялық усыллары” атамасында семинар шөлкемлестирди.
Сондай-ақ, факультет зийрек студентлеринен инглис тили бағдары 3-курс студентлери Қ.Аминова, М.Худайбергеновалар 9-санлы улыўма билим бериў мектеби 8-класс оқыўшылары менен биргеликте инглис тили пәни дөгерегинде интерактив усылда сабақ өтти. Сабаққа мектеп оқыўшылары белсене қатнасты.
Семинар даўамында мектеп оқытыўшыларына кафедраның “Тил билими ҳәм шет тиллерин оқытыўдың әҳмийетли мәселелери” атамасындағы илимий мақалалар топламы ҳәм оқыў қолланбалары саўға етилди.
Илаж соңында шет тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдары 203-214-топар студентлери тәрепинен мектеплердиң 10-11-класс оқыўшылары ушын инглис жазыўшыларының шығармаларынан инглис тилинде сахналық көринислер қойып берилди.
Д.Джумамбетова,
Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистенти.
