9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен ушырасыў өткерилди

Усы жылдың 3-май сәнесинде Шет тиллери факультети рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен «Биз сизиң мийнетлериңизди умытпаймыз ҳәм қәдирлеймиз!» атамасында факультетимиздиң мийнет ветеранлары қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды факультет деканы Дж.Курбанбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде ушырасыў қатнасыўшыларын факультет жәмәәти атынан байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм де студент-жасларымызға тәлим-тәрбия бериўде узақ жыллар мийнет еткен профессор-оқытыўшыларымыз Л.Хван, Ж.Мақсетова, Г.Ережепова, Р.Икметуллаева, В.Абдирова, Г.Мамбетова, Г.Палуанова ҳәм М.Турсынмуратовлардың мийнетлери хақкында айтып өтти.

Буннан соң мийнет ветеранлары сөзге шығып, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен университетимизде жасларымыздың терең билим алыўлары ушын жаратылған шәраятлар хақкында айтып, бизиң жасларымыз бундай имканиятлардан дурыс ҳәм орынлы пайдаланыў кереклигин атап көрсетти.

Ушырасыў даўамында рус тили бакалавр бағдары 1-курс студентлери өзлериниң таярлаған қосықлары, аяқ ойынлары ҳәм сахналық көринислерин қойып берди.

Т.Кулниязов,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары. 

Пайдалы дереклер