Бир күни оқыўдан келип, шаӊарақ ағзаларым менен дастурхан әтирапына жыйналдық. Мен енди биринши шай кесамды ишейин деп атырсам, кимдир дәрўазаны қаққандай бола берди. Мен турып қапыны аштым. Сыртқа шығып қарасам қоӊсы балалар екен. Олар инимди сорап келди деген ой менен инимди шақырып атырсам, олар маған хабар айтып жүргенин билдирип ишкериге кирмеди.
-Не хабар? – деп сорадым қәўеретленип.
-Көшемиздиӊ баслаўында туратуғын 91-жасар Ордабай атлы жасы үлкен ата қайтыс болды, намазы күни сизиӊ үйге қонық киреди, – деди хабаршы.
Бул хабарды еситип, үйдегилерге жеткиздим. Хабарды еситип шаӊарақ ағзаларымныӊ да кейпияты бузылғанын көрдим. Себеби, Ордабай ата көшемиздиӊ еӊ жасы улкен атасы еди ҳәм ол ҳәр жылы оразада аўыз аштырғанымызда үйимиз мийманы болып, ақ пәтиясын берип отыратуғын еди. Әсиресе, қызым оқыўға кирип кет деп маған еки қолын жайып, жақсы нийет етер еди.
Ертеси күни хәмме өз жумысына, мен оқыўыма кеттим. Сол күни кеште үйге келсем анам базарға барып, қонақ күтиўге керекли азық-аўқат сатып алып келгенин көрдим. Биз және шаӊарақ ағзаларымыз бенен дастурхан әтирапына жыйналдық. Бираз өтпей қапыны сол кешеги хабар айтыўшы балалар қағып турған екен. Олар Ордабай атаныӊ намазы бийкар етилгенин, көшемиздиӊ атасы тирилгенин айтып кетти. Мен ҳайран қалдым. Жас журналист болсамда бул ўақыяға анықлық киритпекши болдым. Бул ҳаққында анама хабар бердим. Шаӊарақ ағзаларымыз бенен қуўанысып қалып, илайым 100 жасқа жетсин деп тилек еттик.
Ўақыяныӊ анықлығы сонда 91 жасар Ордабай атаныӊ шет елде жасаўшы туўысқан қыз апасы бар еди. Ата соны күтип жатқан екен. Шыпакерлер: атаныӊ деми питти, үйиӊизге алып кете бериӊ,–деп кислородта жатырғанда айтқан екен.
Ордабай атаныӊ перзентлери болса, басқа мәмлекетте жасайтуғын туўған-туўысқанларына хабар берип, нан-баўырсақларын таярлаған. Ата үйине келгеннен соӊ, көзин ашқан, кейин ҳәмме қоӊсылар:
– Кейни той болсын! – деп үйлерине тарқасыпты.
Тағы шыпакер шақырып, бир неше дәри-дәрмақ алдырған. Шет елде жасаўшы туўысқан қыз апасы менен жездеси келип, инисиниӊ тири екенлигине исенбей көзлерине жас алды, олар бир-бириниӊ дийдарына тойып, сәўбетлесиў бахтына миясар болды. Әттеӊ, бул бахыт узаққа созылмады. Арадан бир күн өтип ата қайтыс болды.
Дүнья әжайыбатларға толы, атаның өз туўысқанын күтип, жан тапсырмай атырғаны көпшиликти ҳайран қалдырды. Туўысқанлық сезим Ордабай ата ҳәм оныӊ қыз апасы арасында жүдә күшли екенлигине гүўа болдым.
А.Абдурашитова,
Журналистика бағдары сыртқы бөлиминиң 1-курс студенти.