Халқымызда ең уллы қәдирият саналған шаңарақты муқаддес билиў, оның жәмийеттеги, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўдағы әҳмийетин күшейтиў, мәмлекетимизде шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр жылы Республика көлеминде «Ең үлгили шаңарақ» таңлаўы дәстүрий түрде өткерилип келинеди. Усы жылғы таңлаўдың республика басқышы жеңимпазы Айбергеновлар шаңарағы болды.
«15-май – Халық-аралық шаңарақ күни» алдынан университеттиң Химия-технология факультетинде усы шаңарақ ағзалары менен ушырасыў өткерилди.
Онда Р.Айбергенов, Д.Төремуратова, Б.Айбергенов, факультет деканы Б.Нурымбетов, жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ғ.Султанов, «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» кафедрасының доценти Д.Турениязова, 2-б нефть ҳәм нефт газды қайта ислеў технологиясы топары басшысы Г.Досанова ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўды факультет деканы Б.Нурымбетов ашып берди.
Ушырасыўда үлгили шаңарақ басшысы Р.Айбергенов ҳәм Д.Төремуратовлар шығып сөйлеп, таңлаў ҳаққында тоқталып өтти. Таңлаўда миллий байлықларымызды, тарийхый ҳәм мәдений естеликлеримизди көрсетип бериўге ҳәрекет еткенлиги, сондай-ақ, перзент тәрбиясына айрықша кеўил бөлип, олардың оқыўына айрықша итибар қаратып атырғанлығы, бос ўақытларын мазмунлы өткериўге кеўил бөлгенлигин атап өтти. Усы шаңарақ перзенти, факультет студенти Б.Айбергенов та шығып сөйлеп, жаслайынан музыка ҳәм спортқа айрықша кеўил бөлгенлигин айтып өтти. Бул жолда бәрқулла қоллап-қуўатлап турған ата-анасына ҳәм оқытыўшыларына өз миннетдаршылығын билдирди.
Ушырасыўда студентлер қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.
Гөззал Жалғасова,
Химия-технология факультетиниң студенти.

