Таңлаў жеңимпазлары анықланды

Усы жылдың 4-май сәнесинде университетимиздиң Бердақ миллий музейинде университеттиң қарақалпақ филологиясы факультети журналистика кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Жас журналист – 2018» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў ҳәм қарақалпақ филологиясы факультети журналистика кафедрасы қасындағы «Жас журналистлерди таярлаў клубы»ның екинши әўлад ўәкиллериниң 5 айлық оқыў курсларын тамамлаў кешесине арналған илаж өткерилди. Онда журналистика кафедрасы оқытыўшылары ҳәм бир қатар мийманлар қатнасты.

Салтанатлы байрам кешесин журналистика кафедрасының доценти З.Қожықбаева ашып берди.

Кешеде сөзге шыққанлар жас журналистлердиң байрамы ҳәм «3-май – халықаралық баспасөз еркинлиги күни» менен жыйналғанларды қутлықлап өтти ҳәм алдағы оқыўларында табыслар тиледи. Соң көптен күтилген мәўритлер – яғный таңлаў жеңимпазларын оқып еситтирилди:

 Ең жақсы баспасөз материалы; Ең жақсы радио материал; Ең жақсы телематериал; Ең жақсы сын материал; Балалар ушын ең жақсы дөретпе; Университет ҳаққында жазылған ең жақсы (баспасөз, радио, телематериал); Жаслар турмысына бағышланған ең жақсы (баспасөз, радио, телематериал); Ең жақсы фотофакт; Ең көп материал жәриялаған автор; Университеттиң Karsu.uz веб-сайтында ең көп мақала жәриялаған автор; Ең жақсы интернет сайт ийеси; Ең жақсы блоггер; Ең жақсы тележойбар; Жылдың ең белсенди жас журналисти номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Кешеде «Жас журналистлерди таярлаў клубы»ның екинши әўлад ўәкиллери питкериўшилериниң оқыў курсын тамамлағаны ҳаққында сертификатлар тапсырылды. Байрам кешесинде клуб ағзалары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

                                                                 Гөззал Жалғасова,

                                  Химия-технология факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер