МЕН СҮЙГЕН КӘСИПТИҢ СЫРЛАРЫ

Журналистика тараўы өзиниң тарийхына ийе. Мен 2001-жылы районымыздағы агро-экономика кәсип-өнер колледжин тамамлап, сол жылы «Хожели ҳақыйқаты» газетасы редакциясына жумысқа кирдим.

Редакцияда жумыс баслап, көплеген кешелерге, жыйналысларға қатнасып, мақалалар жаза басладым. Жазған мақалаларым газета бетлеринде жәриялана баслады.

Солай етип, жумысым кәсибиме айлана баслады. Журналистикаға қызығыўшылығым ҳәм кәсибимниң маманы болып жетилисиўге ҳәрекет ете басладым.

Редакцияда дәслеп, фотохабаршы кейин компьютер операторы болып ислеп газетаның кейинги санларына жәриялаў ушын мақалалар топлап, сүўретке түсирип таярлайтуғын едик. Мен өткен жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы факультетиниң журналистика қәнигелигине сыртқы бөлимине оқыўға қабылландым.

Оқыў даўамында журналистика тараўын кеңнен үйрене басладық. Устазларымыз бизлерге бул тараўдың тарийхы, әҳмийети, ўазыйпалары ҳәм бизлер билмеген көп мағлыўматларды түсиндирди. Себеби, мен бурын мақала жазып газетада жәрияланғанда мақала жаздым деп жүрсем, негизи мақала жазыўдың да өзиниң тәртиби бар екен. Жанрлар ҳәм оның түрлери мақала қайсы жанрға киреди, оның функциялары, рубрикалар оның бөлиниўи, мақалада теманың әҳмийети, қайсы мақала қайсы жанрға киреди қысқасы мен сүйген кәсибимниң сырлары жүдә көп екен.

Бул кәсипти оқыў даўамында устазларымыздан тәлим алып, билим дәрежемди арттырып, сүйген кәсибимниң маманы болыўға ҳәрекет етемен.

 

Бабур Утемуратов,

Журналистика қәнигелиги сыртқы бөлиминиң 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер