#Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни Пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли Ана» естелигине гүллер қойылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 23-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Быйылғы жылы бул илажлар «Ата-бабаларды еслеў – муқаддес қәдирият», «Итибар ҳәм ғамхорлық – адамгершилик парыз» сүренлери астында өткерилмекте.

9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни», сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 74 жыллығы байрам илажлары республикамыз бойлап даўам етпекте.

Байрам шеңберинде бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик университети басшылығы пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли Ана» естелигине барып, гүллер қойды.

Бул илажға республика ҳүкимети, министрлик ҳәм шөлкемлер, оқыў орынлары басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында әскерий техникалар, қурал-жарақлар, мотоцикльлер, атлы ҳәм пияда әскерлер парады өткерилип, республикамыздың көркем өнер шеберлери, театр жәмәәтлери тәрепинен урыс жылларының қосық ҳәм намаларын атқарылды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер