Жеңимпазлар анықланды

Университеттиң Химия-технология факультетинде қәнигелиги химия болмаған студент-жаслар арасында химия пəнинен  пəн олимпиадасы болып өтти.

Оған жәми 28 студент қатнасып, олардың билимлери 4 басқышта сыннан өткерилди. Физикалық ҳәм коллоидлық химия кафедрасының баслығы, х.и.к А.Шарипова, Органикалық ҳəм органикалық емес химия кафедрасының баслығы, х.и.к К.Өтениязов олимпиада даўамында студентлердиң билим дəрежесин бақлап барды.

Олимпиада жуўмағында нефть ҳәм нефт газды қайта ислеў технологияси 3-курс студенти Р.Камалов 290 балл менен сыйлы биринши орынды, нефть ҳәм нефт газды қайта ислеў технологияси 2-курс студенти Н.Маратов 210 балл менен екинши орынды, нефть ҳәм нефт газды қайта ислеў технологияси 2-курс студенти У.Базарбаев 192 балл менен үшинши орынды ийеледи.

Факультет деканы Б.Нурымбетов пән олимпиадасы жеңимпазларын ерискен табысы менен қутлықлап, олардың алдағы оқыўлары ҳәм  жумысларында табыслар тиледи.

С.Пиржанова,

Химия- технология факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер