Ҳəммемизге белгили кейинги жылларда мəмлекетимизде жедел пəтлер менен түпкиликли реформалар əмелге асырылып келинбекте. 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес бағдары бойынша Ҳəрекетлер стратегиясы қабыл етилди. Бул хүжжетте жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, коррупцияға қарсы гүресиўдиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин жетилистириў ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў илажларының нəтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленген.
Усыларды есапқа алған ҳалда коррупция жынаятлары бойынша тусиник бериў, коррупция бойынша профилактика жумысларын алып барыў мақсетинде Тарийх ҳəм ҳуқық факультетинде усы жылдың 13-май күни Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы шөлкемлескен жынаятшылық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў бөлими тергеўшилери Ш.Вохидов ҳəм Ж.Реймовлар, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти аға инспекторы У.Қудайбергеновлар менен биргеликте илаж өткерилди.
Илажды өткериўдиң тийкарғы мақсети – келешек әӯладларымызды туӯры жолға қәдем таслаӯына жәрдем бериӯ ҳәм қәӯипли жынаят екенлигин жәмийетке үгит-нәсиятлаӯдан ибарат. Соның менен бирге, 2017-жыл 3-январь күни «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қабылланғанлығын ҳәм нызамда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мəмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысты əмелге асырыўшы ҳəм де онда қатнасыўшы орган ҳəм шөлкемлер, коррупцияның алдын алыў бойынша илажлар нәтийжелилигин арттырыӯдан ибарат.
Мəжилиске тарийх ҳəм ҳуқық факультети ҳәм дене мəденияты факультетлериниң профессор-оқытыўшылары ҳəм студент-жаслары қатнасты.
И.Елмуратов,
Факультеттиң Жаслар менен ислесиӯ бойынша
декан орынбасары.
