«Book challenge» жойбары даўам етпекте…

Президентимиздиң басламасы менен басшы ҳәм жуўапкер уйымлар хызметкерлери, депутатлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери өзлери билим алған мектеплерине китаплар саўға етиў илажлары даўам етпекте. Кең көлемли акция түсин алған бул илажлар Қоңырат районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде де шөлкемлестирилип, мектеп питкериўшилери өзлериниң қәдирдан билим дәргайына китаплар менен барыўды дәстүрге айландырған.

Университеттиң Химия-технология факультети Физикалық ҳәм коллоидлық химия кафедрасы оқытыўшысы, факультет Ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы  Р.Калымбетова райондағы өзи оқыған 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебине жеке китапханасынан китаплар ҳәм факультет профессор-оқытыўшыларының оқыў-методикалық қолланбаларын саўға етти. Сондай-ақ, Р.Калымбетова менен оқыўшылардың ушырасыўы шөлкемлестирилип, оның өмир жолы ҳәм усы дәргайдан басланған табыслары, жетискенликлери ҳәм бүгинги күндеги изленислери ҳаққында айтып берди.

Бундай илажлар өсип киятырған жас әўладтың китапқа болған қызығыўшылығын, меҳрин ҳәм умтылысын арттырыў, китапқумарлықты кең ен жайдырыў, уллы бабаларымызға мүнәсип әўладты тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, китап инсанды тәрбиялайды, өсиреди, жоқары әдеп-икрамлы, инсаныйлық пазыйлетлерин қәлиплестиреди.                                                                           

Гөззал Жалғасова,

Химия-технология факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер