Өзбекстан — жаслар мәмлекети. Олардың билим алыўы, саламатлығы ҳәм бахытлы турмысы ушын бәрше шараятлар жаратылған. Жаслардың күш-ғайраты, илим жолындағы изленислери, талпыныслары кимди болса да қуўандырады. Себеби бүгинги күн жасларына қарап келешекке баҳа бериледи.
Университетимиздиң Шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 4-курс студенти Айсулыў Маратова Самарқанд қаласында болып өткен инглис тили ҳәм әдебияты пәни бойынша пән олимпиадасының Өзбекстан Республикалық басқышында сыйлықлы 3-орынды ийеледи.
А.Маратова теңлеслери ишинде өзиниң илимге қуштарлығы менен ажыралып турады. Ол инглис тилин билиў менен бирге рус ҳәм кореец тиллерин жетик биледи.
Биз де өз гезегинде инглис тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 4-курс студенти Айсулыў Маратованы ҳәм оның илимий басшысы филология илимлериниң кандидаты Д.Ходжиеваларды ерискен табыслары менен қутлықлап, алдағы оқыўларында ҳәм илимий жумысларында табыслар тилеп қаламыз.
Ю.Мамутова,
Кафедра оқытыўшысы.
