Өзбекстанның ең жақсы жоқары оқыў орынлары рейтинги анықланды, деп хабар береди UniRank. «Repost»тың жазыўына қарағанда, рейтингте күшли үш орынды Ташкенттеги оқыў орынлары: Ташкент Халықаралық Вестминстер университети, Ташкент Информациялық технологиялары университети, Ташкент Инҳа университети ийелеген.
Бул рейтинг төмендеги критериялар бойынша анықланған:
- Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларының мәмлекетлик уйымлар тәрепинен лицензияланыўы ямаса аккредитацияланыўы;
- кемиинде төрт жыллық вакалавр ямаса басқа тәлим дәрежелерин (магистратура ҳәм докторантура) бериў ҳуқықы;
- тәлимди дәстүрий тәризде оқыў орнында өткерилиўин тәмийинлеў;
Усы критериялар бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университети 65 жоқары оқыў орынлары ишинде күшли он беслик ишинен 12-орынды ийелеген.

Соны айтып кетиў керек, UniRank жоқары оқыў орынлары бойынша жетекши халықаралық информация ҳәм излеў системасы болып есапланады. Онда дүньяның 200 мәмлекетлери бойынша 13 600 дан артық университетлер ҳаққында мағлыўматлар ҳәм рейтинглер келтирилген.
Ретингнен орын алған университетлердиң толық дизимин UniRank сайтынан көриўиңизге болады.
Мухаммед Қудайназаров,
Физика-математика факультетиниң студенти.