24-май күни Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы профессор-окытыўшылары Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 9-ноябрь күнги 917-санлы буйрығы талапларын орынлаў мақсетинде Шоманай районы 1-7-16-33-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде илажлар шөлкемлестирди.
Илаж даўамында факультетлер арлық шет тиллер кафедрасының бир топар профессор-оқытыўшылары мектеп оқыўшыларына инглис тилинде «Сartoon about personal responsibility» ҳәм «Mind mapping method» атамасында шеберлик сабағы шөлкемлестирди.
Сабақ барысында оқыўшылар менен түрли интерактив ойынлар да шөлкемлестирип, олар керекли билимлерге ийе болды. Сондай-ақ, илажда улыўма билим бериў мектеп оқыўшылары менен биргеликте инглис тили пәни дөгерегинде «Jeopardy» викторина ойыны интерактив усылда алып барылды.
Өткерилген илажға мектеп оқыўшылары белсене қатнасты.
Д.Кубейсинова,
Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының баслығы, доцент.
