Балаларға бериң дүньяны

1-июнь – «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бир топар белсенди жаслары тәрепинен «Балаларға бериң дүньяны» атамасында акция шөлкемлестирилди.

Онда университеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры А.Дуйсенбаев, факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарлары ҳәм бир топар белсенди жаслар қатнасты.

Акция шеңберинде ҚРДССМ Республикалық балалар көп тармақлы медициналық орайы ҳәм онкологиялық кеселликлер емлеўханасында емленип атырған балалардың жағдайынан хабар алып, оларға университет студентлери тәрепинен таярланған байрам саўғаларын тапсырды ҳәм байрам менен қызғын қутлықлады.

Өз гезегинде балалар ҳәм олардың ата-аналары бундай итибар ҳәм ғамхорлықтан қуўанышта екенлигин айтып, миннетдаршылығын билдирди:

– Ҳәр жылы балаларым бул күнди сабырсызлық пенен күтеди. Быйыл қызым күтилмегенде кесел болып қалғанлығы ушын байрамды емлеўханада белгилеп атырмыз. Сол себепли ме, бүгин азғана кейпияты болмай отыр еди. Сизлерди көрип жүдә қуўанып қалды, – дейди Д.Абдуллаева.

Шаңарақта болсын, басқа орында болсын республикамыздағы барлық балалар меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды. Усы сыяқлы акциялар орынларда даўам етпекте.

                                                                                 Гөззал Жалгасова,

Химия-технология факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер