Балаларға саўғалар инам етилди

1-июнь – «Халықаралық балаларды қорғаў күни»не байланыслы университеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша барлық факультеттиң декан орынбасарлары Хожели районындағы 1-санлы Мехрибанлық үйине барып, ол жерде тәрбияланып атырған балаларға байрам саўғаларын инам етти.

Бундағы мақсет – елимиздиң ертеңги келешеги болған жас әўладты елге, халыққа меҳирли, садық инсан етип тәрбиялаўда, оларды ертеңги келешекке умтылдырып, өмирге деген қуштарлығын арттырыў ҳәм 1-июнь – «Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамында олардың кеўил-кейпиятын еле де көтериўден ибарат.

Кеше соңында Мехрибанлық үйи тәрбияланыўшыларының концерт бағдарламасы бәрше қатнасыўшыларда өзгеше тәсирлер калдырды.

З.Жуманов,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер