«Мәлимлеме-ресурс орайының ең жақсы қәнигеси-2019» таңлаўының университет басқышы

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайында «Мәлимлеме-ресурс орайының ең жақсы қәнигеси-2019» таңлаӯының 1-басқышы  өткерилди.

Таңлаў 3 турдан ибарат болды:

     1-тур: Мәлимлеме-ресурс орайы  ҳәм өзи ислеп атырған бөлим ҳаққында слайдлар жәрдеминде жаңалықларды көрсетип бериў;

     2-тур: Тест сораўлары;

     3-тур: Өзи оқыған көркем әдебиятлардан үзиндилер айтып бериӯ;

Таңлаӯға мәлимлеме-ресурс орайынан жетекши методист М.Даулетмуратова, 1-категориялы китапханашылар: Д. Тлеумуратова, З.Ималатдинова, В.Қутлымуратова, Т.Абдуллаева, Н.Алламбергеновалар қатнасты.

Турларда  белгиленген тапсырмалар бойынша қатнасыӯшылар өзлериниң жоқары дәрежедеги билимлерин, дөретиӯшиликлерин көрсете алды ҳәм төмендегидей нәтийжелерге еристи:

  1. Назира Алламбергенова, жәми 142 балл топлап 1-орынға ийе болды.
  2. Зухра Ималатдинова, 132 балл топлап 2-орынға ийе болды.
  3. Даригул Тлеумуратова, 130 балл топлап 3-орынға ийе болды.

Жоқары балларды топлаған кәсиплеслеримиз дипломлар менен сыйлықланды.

А. Алучиев,

Мәлимлеме-ресурс орайының информациялық

технологиялар бойынша жетекши қәнигеси.

Пайдалы дереклер