Бала деген булақтай пəк, таза болар,
Мийриң қанар шийрин тили, қылығына.
Сүйсиндирер сыңғырлаған күлкиси бар,
Уқсатаман булақлардың сылдырына.
Балалар – өмиримиздиң гүллери. Олар бар екен шаңарағымыызда барқулла күлки болады.
Жақында 1-июнь-«Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнəсибети менен университетимиздиң шет тиллери факультети тəрепинен шөлкемлестирилген байрам илажы көтериңки кейпиятта өтти.
Кеше мийманлары Тақыятас балалар үйиниң 4-6 жас аралығындағы тəрбияланыўшылары болды.
Факультетимиз ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң баслығы Аметова Мухаббат тəрепинен шөлкемлестирилген балалар байрамында студентлеримиз де белсене катнасты. Атап айтқанда, 3-курс студенти Сейдаметова Айнура балаларға өз қоллары менен көйлеклер тигип саўға етти. Буннан тысқары, 2-курс студентлери Ризаев Жамшид, Ендирова Моҳира ҳəм тағы басқа факультетимиздиң белсенди студентлери өзлериниң əжайып қосықлары ҳəм аяк ойынлары менен қатнасты.
Байрам кешесинде факультетимиз деканы Дж.Курбанбаев ҳəм де университетимиздиң ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы И.Сейтназаровалар қатнасып, балаларды байрам менен қутлықлады.
Балалар берилген саўғаларға жүдə кеўиллери толып, шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығын билдирди.
Моҳира Ендирова,
Шет тиллери факультетиниң 2-курс студенти.
