Университетте магистрантларға билим бериўдиң тийкарғы мақсети тәжрийбели илимий-педагогикалық кадрларды таярлаўдан ибарат. Себеби, магистр терең билимге ийе, заманагөй информация технологияларын толық меңгерген ҳәм илимий-педагогикалық искерлик алып барыўға таяр болған қәниге болып есапланады. Соны айрықша атап өтиў орынлы, быйыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 22 қәнигелик бойынша 86 магистр пиктерип шығады.
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде магистранлардың магистрлик диссертация жумысларын жақлаў басланды ҳәм «Лингвистика: қарақалпақ тили», «Қарақалпақ әдебияты» қәнигеликлери магистрантлары магистрлик диссертация жумысларын табыслы жақлап шықты.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳалықаралық стандартларға жуўап беретуғын жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы атап өтилди.
– «И.Юсупов шығармаларында қоспа гәплердиң қолланылыў өзгешеликлери» темасында диссертация жумысымды табыслы жақладым,- дейди «Лингвистика: қарақалпақ тили» қәнигелиги магистранты Гүлимхан Сазатдинова. – Илимий жумысымда И.Юсупов шығармаларында қоспа гәплердиң қолланылыў өзгешеликлерин толық көрсетип бериўге ҳәрекет еттим.
ҚМУ магистрантларының диссертация жумысларын жақлаўлары еле даўам етпекте.
А.Оразымбетова,
Журналистика қәнигелигиниң магистранты.
