Бүгинги күнде илим-пән, жоқары билимлендириў тараўына мәмлекетлик итибардың күшейтилиўи ҳәм бул бойынша қабыл етилип атырған ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи мәмлекетимизде илимий потенциалдың артыўына тийкар жаратпақта.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты Малика Джумамуратова усы жылдың 25-февраль – 7-март аралығында Минск қаласында болып өткен «Мультимедия журналистикасы: медиакоммуникация ҳәм медиаиндустрия» атамасындағы II Халықаралық илимий-әмелий әнжуманның пленар мәжилисинде «Қарақалпақстан Республикасында Интернет – ғалаба хабар қуралларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы» темасында баянат жасады ҳәм конференцияның қоспа мәжилисинде басқарыўшы сыпатында қатнасып қайтты.
ҚМУ оқытыўшысы онда журналистиканың бүгинги күндеги актуал мәселелери бойынша басқа еллерден келген илимпазлар менен өз ара пикир алмасты. Сондай-ақ, Белоруссия мәмлекетлик университети журналистика факультетиниң деканы Ольга Самусевичтиң қабыллаўында болып, журналистика тараўын жетилистириў, өз ара тәжирийбе алмасыў бойынша да шәртнама мәселелерин көрип шықты.
– Минск қаласында болып өткен бул халықаралық конференцияда алған билим ҳәм тәжирийбелерим усы жылдың 22-апрель айында ҚМУ журналистика кафедрасында биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған ҳалықаралық илимий-әмелий конференцияның күтилген нәтийжеге ерисиўинде өз нәтийжесин беретуғынына исенемен,-дейди М.Джумамуратова.
Конференция жуўмағында университетимиз оқытыўшысы М.Джумамуратова сертификат пенен сыйлықланды.
Әлбетте, усындай сырт еллерде болып өтетуғын халықаралық конференциялар, өз ара тәжирийбе алмасыўлар елимизде илим-пәнниң еле де раўажланыўына хызмет ететуғынлығына исенемиз.
Баспасөз хызмети.

