Усы жылдың 28-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тәбияттаныў факультетинде гезектеги илимий семинар болып өтти. Семинарға Тәбияттаныў факультети профессор – оқытыўшылары, докторантлар ҳәм магистрантлары қатнасты.
Семинарда «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасы доценти, б.и.к Якуб Идрисович Аметовтың «Қарақалпақстан қусларының биологиялық көп түрлилиги ҳәм оларды қорғаў (фаунасы, экологиясы, қорғаў)» атамасындағы биология илимлери докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын ҳәм «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасы ассистенти Муратбай Алламуратович Матмуратовтың «Қарақалпақстан көллери макрозообентослары» атамасындағы биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертация жумысының баянатлары тыңланды ҳәм додаланды.
Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Илимий семинар Я.Аметовтың диссертация жумысын биология илимлери докторы илимий дәрежесин алыўға ҳәм М.Матмуратовтың диссертация жумысын биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) дәрежесин алыўға ылайық деп тапты ҳәм жақлаўға усыныс етти.
А.Кидирбаева,
Тәбияттаныў факультетиниң
илимий ислер бойынша декан орынбасары.

