Ата-аналар топар басшысы менен ушырасты

Усы жылы 5-апрель күни Қарақалпақ филологиясы факультетиниң қарақалпақ тили тәлим бағдары 2в топар студентлериниң ата-аналары менен жыйналыс өткерилди. Онда студентлер турақ жайында, ижарада ҳәм ағайынлериниң үйинде турыўшы студентлердиң жасаў шараятларының турақлы үйренип барылыўы ҳаққында сөз болды.

Және де, усы топар студентлериниң университет ишки тәртибине бойсыныў, кийиниў ҳәм сөйлеў мәденияты, сабақлардан кешикпей қатнасыў барысында ата-аналар менен сәўбет өткерилди.

Сондай-ақ, жыйналыста «Қырағылык ҳәм сергеклик – дәўир талабы» атамасында студент-жасларға адамгершилик, улыўма инсанийлық идеялары ҳаққында түсиниклер берилди.

П.Ажимуратов,

Журналистика қәнигелигиниң студенти.

Пайдалы дереклер