Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февраль күнги «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы хызметин түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын өз ӯақтында үйрениӯ ҳәм сапалы тәмийинлеӯ мақсетинде Техника факультетиниң ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми тәрепинен №3 студентлер турар жайында жасайтуғын студент-қызлар ушын саламат шаңарақ қурыӯ, саламат перзентти дүньяға келтириӯ, саламат турмыс тәризин қәлиплестириӯ (туӯры аӯқатланыӯ, гигиена) тийкарында ҳаял-қызлар арасында мәнзилли ен жайдырыӯ мақсетинде профессор-оқытыӯшы ҳаял-қызлар басшылығында шеберлик сабағы өтилди.
Шеберлик сабағына университеттиң Ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң баслығы И.Сейтназарова, Психология орайы баслығы Г.Рейимбаева, «Қызларжан» клубы жетекшиси Р.Калимбетова, Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы кафедрасының баслығы Г.Утегеновалар қатнасты.
Бул шеберлик сабағында Техника факультети имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы кафедрасы ассистентлери Н.Сайымбетова ҳәм Ж.Утемуратовалар торт писириӯ сырларын ҳәм де ҳәзирги ӯақытта бәҳәр айында инсан организми ушын зәрүр болған ҳәр қыйлы витаминлерге бай болған салат түрлерин таярлаӯ сырларын мазмунлы ҳәм түсиникли етип түсиндирип өтти.
Сабақ даӯамында студент-қызлар өзлериниң қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алды.
Ойхон Аҳмадова,
Техника факультетиниң 4-курс студенти.
