Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Техника факультети басланғыш хаял-қызлар шөлкеминиң №3 студентлер турар жайында жасап атырған студент-қызлар ушын шаңарақ, неке, ҳәм репродуктив саламатлық ҳәм де жеке гигиенаға әмел қылыӯ қағыйдаларын тусиндириӯ бойынша Нөкис қалалық медициналық бирлеспеси жас өспиримлер бөлими акушер-гинеколог шыпакери Л.Уразова менен ушырасыӯ кешеси болып өтти.
Ушырасыӯда шыпакер Л.Уразова саламат шаңарақ қурыӯда ҳаял адамның биологиялық ҳәм де руӯхый жақтан қәлиплесиӯи, жас өспирим қызлардын физиологиялық жақтан раӯажланыӯы ҳаққында, некеден алдыңғы медициналық көриктен өтиӯдиң әҳмийети, репродуктив саламатлыкты беккемлеӯ ҳәм жеке гигиенаға әмел қылыӯ қағыйдаларының әҳмийети ҳәм абзаллығы, сондай-ақ, ерте турмыс қурыӯдың зыянлы ақыбетлери ҳаққында айтып өтти.
Ушырасыӯ даӯамында студент-қызлар өзлериниң қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алды.
Ойхон Аҳмадова,
Техника факультетиниң 4-курс студенти.