Қоңырат районындағы илажлар

Қоңырат районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы №46 санлы улыўма орта билим бериў мектебинде кәсипке бағдарлаў бойынша ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы доцентлери Г.Туремуратова, А.Қурбанова, Л.Бахиевалар шығып сойлеп, университетимиздиң факультетлериниң жетискенликлери ҳаққында ҳәм Тәбияттаныў факультетиниң жетискенликлери, таза қәнигеликлер ҳәм жаңадан ашылатуғын факультетлер ҳаққында мағлыўматлар берип, мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшыларының қызықтырған сораўларына жуўаплар берип өтти.

Ушырасыў соңында мектеп директоры Қ.Есенқулов шығып сойлеп, келген мийманларға мектеп жәмәәти атынан өз миннетдаршылығын билдирип өтти.

Және де, Тәбияттаныў факультети «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы доцентлери Г.Туремуратова, А.Қурбанова, Л.Бахиевалар Қоңырат районы «Тарақлы» МПЖ пухаралары экологиялық бағдарда қоршаған орталықтың тазалығы ҳаққында сәўбетлер өткерди.

Ущырасыў барысында МПЖ пухаралары менен өзлери жасап атырған жердиң тазалығы санитариялық жағдайы бойынша пухаралардың қызықтырған сораўларына жуўаплар берди.

Сондай-ақ, сол күнниң өзинде «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы доцентлери Г.Туремуратова, А.Қурбанова, Л.Бахиевалар Қоңырат районы Қоңырат медицина колледжинде  де колледж оқытыўшы ҳәм питкериўшы жаслары менен ушырасып, кәсипке бағдарлаў бойынша университетимиздиң тәлим бағдарлары ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.

Колледждиң пән дөгереклери менен танысып, колледждеги «Хендорсын», «Саламат бала» клубларының алып барылып атырған жумыслары менен танысты ҳәм өз пикирлерин айтып өтти.

Г.Туремуратова,

Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының доценти.

 

Пайдалы дереклер