Бүгин Бердақ атындағы ҚМУдың мәденият сарайында Нәшебентлик ҳәм наркотик затлар менен байланыслы жынаятлардың жүз бериўинин алдын алыўға арналған әҳмийетли илаж болып өтти.
Илажды университеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Ҳ.Турсунбоев ашып берди ҳәм алып барды.
Онда ИИМ жынаят-излеў басқармасы қәнигеси Ғ.Худайбергенов, нарколог-шыпакер М.Нағметовалар сөзге шығып нәшебентлик ҳәм оның менен байланыслы жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында пикирлери менен бөлисти.
– Нәшебентлик ҳәм наркомания бул өмир заўалы. Әсиресе, бул жолға түсип қалған инсанлар оның тәсиринен шығып кете алмайды. Наркотик ҳәм психотроп затларды қабыл еткен инсанлар тиккелей оның қулына айланып қалады. Ең баслысы өз өмирин зая етеди. Жынаятшылық жолына түсип қалыўы нәтийжесинде жәмийетшиликке кери тәсирин тийгизеди ҳәм әтирапындағыларға зыян жеткереди. Бул бағдарда жынаятшылықтың алдын алыў бойынша сергек болыў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз болып есапланады.-дейди ИИМ жынаят-излеў басқармасы қәнигеси Ғ.Худайбергенов.
Илаж өз-ара пикир алысыўлар менен даўам етти.
Ж.Искендеров,
Журналистика қәнигелигиниң студенти.


