Усы жылдың 10-апрель күни Қарақалпақ филологиясы факультети студентлери арасында «Спорт – денсаўлық гиреўи» атамасындағы ҳәптелик шеӊберинде ер балалар арасында спорттыӊ футбол түри бойынша факультет бириншилиги болып өтти.
Онда факультеттиӊ барлық курсларынан жәми 4 команда қатнасып, жасыл майданда өз ара күш сынасты.
Бириншилик жуўмағында улыўма есап бойынша: 1-орынды 2-курс, 2-орынды 3-курс, 3-орынды 4-курс, 4-орынды болса 3-курс студентлери ийеледи.
Жарыс соӊында факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов шығып сойлеп, жеӊимпазларды қутлықлады ҳәм белсенди қатнасқаны ушын факультет ер-балаларына миннетдаршылық билдирди. Жеӊимпазларға Қарақалпақ филологиясы факультети тәрепинен таярланған медал, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Бириншилкте төреши сыпатында факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов, илимий ислер бойынша декан орынбасары Қ.Атабаев, топар басшылары кеӊеси баслығы М.Қудайбергенов ҳәм факультет кәсиплик аўқамы шөлкеми баслығы Ж.Таӊирбергеновлар қатнасты.
Парахат Ажимуратов,
ҚМУ студенти.
