Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерген мақтанышларының бири, физика-математика илимлериниң докторы, профессор Смағул Қаражанов ҳәзирги ўақытта Норвегияның Энергия технологиялары институтында жетекши илимий хызметкер болып жумыс ислеп келмекте.
Президентимиздиң тийисли қарары менен сырт еллерде ислеп атырған жерлеслеримизди елимизге шақырыў жолы менен байланысты күшейтиў мақсетинде Смағул Қаражанов усы жылдың 15-20-апрель аралығында университетимиздиң Физика-математика факультетиниң ярым өткизгишлер физикасы кафедрасының бакалавр тәлим бағдарындағы студент-жасларына ҳәм магистрантларына лекция оқыў ушын, және келешекте биргеликте илимий-изертлеў жумысларын алып барыўды жолға қойыў мақсетинде университетимизге келди.
Жерлесимиз, профессор С.Қаражанов дәслеп университетимиз ректоры А.Реймов қабыллаўында болды.
Ушырасыў даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Норвегияның Энергия технологиялары институты ортасында, сондай-ақ, Норвегияның басқа да илимий институтлары менен өз ара бирге ислесиўди жолға қойыў, келешекте бергеликте илимий изленислер алып барыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир алмасты.
Баспасөз хызмети.

