Бүгинги күнде жас журналистлерди таярлаўда ҳәм оларды өз кәсибине болған жуўапкершиликлери менен қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде бир қанша илажлар өткерилмекте.
Усындай ушрасыўлардан бири Қарақалпақ филологиясы факультетинде республикамызға белгили болған, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының жуўаплы хаткери Арыўхан Турекеева ҳәм усы газетаның арнаўлы хабаршысы Наргиза Нуриевалар менен биргеликте журналистика тәлим бағдарының студентлери менен ушырасыў болып өтти.
Журналист А.Турекеева журналистлик кәсибиниң өзине тән машақатлары, қыйыншылығы менен оның жемиси ҳаққында студентлерге айтып берди. Журналист баспасөз қуралларында мақала жазыў, оны баспадан қалай шығарыў ҳәм айырым сын мақалаларды баспада жәриялаўда келип шығатуғын айырым тосқынлықлар менен қарама-қарсылықлар ҳаққында айтып берди. Бул ушырасыўдың тийкарғы мақсети жас журналистлерди өз кәсибине болған сүйиспеншилигин, жуўапкершилигин ҳәм өзине жараса машақатларын еле де тереңирек үйретиў есапланады.
Наргиза Узақбаева,
Қарақалпақ филологиясы факультетиниң 1-в курс студенти.
