Илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы тийкарында архитектура-қурылыс тараўын раўажландырыў машқалалары

Усы жылдың 20-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Техника факультетинде  «Илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы тийкарында архитектура-қурылыс тараўын раўажландырыў машқалалары» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Онда усы тараў бойынша университетимиздиң ҳәм республикамыздың бир қатар ўалаятларынан илим, пән ҳәм ислеп шығарыўда мийнет етип атырған профессор-оқытыўшылар, жойбарлаў институтлар ўәкиллери ҳәм зийрек студентлер қатнасты.

Күнниң биринши ярымында университеттиң Бердақ миллий музейи мәжилислер залында конференцияның ашылыў мәресими болып өтти. Конференцияны университеттиң Илимий бөлиминиң баслығы К.Алланазаров ашып берди ҳәм алып барды. Пленар мәжилисте Техника факультетиниң деканы Т.Узақов, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Геология лабораториясының баслығы И.Аймбетов, архитектура ҳәм қала қурылысы кафедрасының доценти Р.Ешниязов, Самарқанд архитектура қурылысы институтынан Н.Убайдуллаева, бина ҳәм имаратлар қурылысы кафедрасының доценти Қ.Даўлетов ҳәм кафедра ассистенти Дж.Камаловлардың баянатлары тыңланды. Конференцияда төмендеги секциялар бойынша баянатлар тыңланды ҳәм додаланды:

  1. Композицион қурылыс материаллары теориясы ҳәм инновацион технологиялары;
  2. Өзбекстанда қурылыс технологияларының әҳмийетли машқалалары, оларды энергия тежеўши ҳәм инновациялық шешимлери;
  3. Архитектура – қурылыс тараўы ушын кадрлар таярлаў машқалалары;
  4. Қала қурылысы, қурылыс конструкцияларының әҳмийетли машқалалары ҳәм шешимлери;
  5. Автомобил жоллары, инженерлик коммуникациялары қурылысы, қала қурылысы ҳәм дизайн тараўларын раўажландырыўдың әҳмийетли машқалалары.

Күнниң екинши ярымында қатнасыўшылар 5 секцияға бөлинип, белгиленген орынларда илимий мақалаларын баянат жасады. Олар тийкарынан тараўлардағы машқалалар, олардың келип шығыў себеплерине айрықша итибар қаратып, оларды сапластырыў мәселелери бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Конференцияда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Соң конференция жуўмағы бойынша есабатлар тыңланды.

Гөззал Жалғасова,

Химия-технология факультети студенти.

Пайдалы дереклер