Нөкистен шыққан кәрўанның Мойнақтағы бириши мәнзили

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде қарақалпақ журналистикасы тарийхында биринши мәрте шөлкемлестирилген «Глобалласыў процессинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференцияның екинши күни Мойнақ районында болды.

Әзелден бул районның журналистлери Аралдан йош, илҳам алып жақсы дөретпелер дөреткен. Сол себепли, бул сапары да теңиздиң конференция қатнасыўшыларын өзине мәргиядай тартыўы тосыннан емес. Медиатурға Нөкистен шыққан автобус кәрўаны Мойнақтағы Сулайман Бақырғаний мақбарасына келип тоқтады. Мақбараны зиярат етип, шет елден келген қонақлар менен бирге С.Бақырғаний ҳүрметине қуран оқылды.

Белгили журналист Е.Қанаатов Мойнақ ҳǝм Ҳǝким ата ҳаққында халық аўзында жүрген аңыз-әпсаналар ҳаққында айтып берди. Қоңсылас туўысқан халықларымыз болған қырғызстанлы қонақлар ушын Сулайман Бақырғаний ҳаққындағы мағлыўматлар жүдә қызық болды. Әсиресе, Кабадан алып келинген тас мийманларды, ҳәттеки бизди де таңландырды.

Алтынай Қалбаева,

 Журналистика тәлим бағдарының 1- курс студенти.

 

Пайдалы дереклер