Мойнақ районына болған сапарымыз оғада қызыклы ўақыяларға бай болды. Сапарымыз даўамында мийманларға миллийлигимизди көрсетиў мақсетинде бақсыларымызды да жолға алып шыққан едик. Олар менен бирге қосық айтып, ойынға түсип қалай келгенимизди де билмей қалдық.
Саяхатымызды саўап ис пенен баслағанды мақул көрдик. Мойнақ районына жақын жерде жайласқан «Сулайман Бақырғаный» зыярат орнында қуран тилаўат етип, өткенлер рухлары шад етилди. Қызықлы тәрепи бул зиярат орны «Ҳәким ата» атамасы менен де аталар екен. Атап өтиў керек, Сулайман Бақырғаный суффизм тәлийматының көрнекли ўәкиллеринен бири болған Хожа Ахмет Яссаўийден тәлим алған. Халық арасында «Ҳәким ата»ны зыярат етиў оғада саўаплы ис есапланады.
Жолымызды даўам еттик.
Мойнақ районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебине жетип келдик. Мектеп жәмәәти бизлерди жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Биз ѳзлеримиз бенен алып келген китапларымызды мийманларымыз бенен биргеликте оқыўшыларға инәм еттик.
Көп жыллардан берли «Корабльлер қойымшылығы» деп аталып киятырған орын конференция қатнасыўшыларының кеўлин ҳәр қыйлы сезимлерге бөледи. Өйткени, саҳрайы қумлар баўырына алған кемелерди көрип, көсилип жатқан теңиздиң перзентлери жетим қалғандай көринсе, екинши тәрептен ол жердеги үлкен көлемдеги жаңаланыўды көрип кеўлимизге қандайда келешекке деген үмит ушқынларын жаққандай көринди.
Мойнақтағы экология музейи де конференция қатнасыўшыларының нәзеринен шетте қалмады. Музейдеги «Арал трагедиясы»на арналған картиналар ҳәм экспонатлар теңиздиң тарийхы ҳаққында сөйлеп турғандай еди. Музей жәмәәти келген мийманларға теңиздиң кешеги ҳәм бүгинги күни ҳаққында видеоролик қойып бергени қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.
Ал, Мойнақ жасларының көзлериндеги қуўаныш ҳәм ертеңги күнге болған беккем исеним айқын көринип турағандай көринди.
Бийбисара Гулимова,
Журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.
