Социал-экономикалық факультетинде шөлкемлестирилген ушырасыўда факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Б.Сарсенбаев, 1-санлы республикалық психоневрологиялық диспансериниң шыпакери Жулдыз Заримова, Қарақалпақстан Республикасы АИЖСқа қарсы гүресиў орайы лаборант-шыпакери Умитай Төлепбергенова ҳәм факультеттиң студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўда студентлерге АИЖСның пайда болыўы, АИЖС адам денесинде қалай пайда болып қалыўы ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтти.
Илажда бул кесилликтиң алдын алыў бойынша студент-жаслар да өзлериниң сораўларына тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.
К.Мамутова,
Финанс тәлим бағдарының 2-курс студенти.
