«Жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди

Социал-экономикалық факультетинде шөлкемлестирилген ушырасыўда факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Б.Сарсенбаев, 1-санлы республикалық психоневрологиялық диспансериниң шыпакери Жулдыз Заримова, Қарақалпақстан Республикасы АИЖСқа қарсы гүресиў орайы лаборант-шыпакери Умитай Төлепбергенова ҳәм факультеттиң студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда студентлерге АИЖСның пайда болыўы, АИЖС адам денесинде қалай пайда болып қалыўы ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтти.

Илажда бул кесилликтиң алдын алыў бойынша студент-жаслар да өзлериниң сораўларына тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.

К.Мамутова,

Финанс тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Пайдалы дереклер