Қарақалпақ поэзиясыныӊ байтереги есапланған И.Юсуповтыӊ 90 жыллық юбилейине байланыслы Қарақалпақ филологиясы факультетиниӊ 2г –топар студентлери ҳәм топар басшысы Маржан Оразымбетова басшылығында И.Юсуповтыӊ үй музейине саяхат шөлкемлестирди.
Дәслеп пайтахтымызда жайласқан И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатта болды. Буннан соӊ «Шорша баба» қойымшылығын зыярат етти.
Экскурсия даўамында студент-жаслар Шымбай районына жол алды ҳәм Бердақ, Ақымбет бақсы ҳәм Күнхожаларды зыярат етти.
Буннан соӊғы мәнзил Шымбай районындағы И.Юсуповтыӊ үй музейи болды. Бул жерде студент-жаслар шайырдыӊ қол жазбалары, өмири ҳәм дөретиўишили менен және де жақыннан танысты.
Парахат Ажимуратов,
ҚМУ студенти.
