Китапқумарлар И.Юсупов музейинде

Усы жылдыӊ 27-апрель күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайында шөлкемлестирилген «Китапқумарлар» клубы ағазалары карақалпақ әдебиятыныӊ жарқын жулдызы Ибрайым Юсуповты зыяратлаў ушын жолға шықты.

Китапқумарлар дәслеп Нөкис қаласында жайласқан «Шорша баба» қойымшылығын зыяратлады ҳәм буннан соӊ ТашМАУ Нөкис филиалы қасындағы Академиялық лицейде ашылған И.Юсупов музейине саяхат етти.

Айдос Толыбаев,

Қарақалпақ филологиясы факультетиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер