Байтереклер ели – Шымбайға саяхат

Қыз – жигити кийген атлас дарайы, 

Бағы – бостан гүл – гүл дөнген шырайы, 

Қарақалпақтың Нөкистен соң орайы, 

Шадлықта шалқыған ели Шымбайдың.

Әдебиятымыз байтереги уллы шайырымыз Ибрайым Юсупов жырлап өткениндей Шымбай топырағында ҳақыйқатында да өзгеше сыйқыр, өзгеше сырлы мәргия бар сыяқлы. Өйткени, қарақалпақ әдебияты, мәденияты, көркем өнерине аты белли шешенлер, лаққылар, бақсылар, шайырлар, жазыўшылар – пүткил талантлылардың  басым көпшилиги  усы қутлы мәканнан өсип өрбиген.

Өзбекстан Қахарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, уллы сөз зергери Ибрайым Юсуповтың 90 жыллық юбилейи мүнәсибети менен биз Бердақ атындағы ҚМУ “Кеўилли китапқумарлар” клубы жаслары ҳәм сондай – ақ “Ибрайым Юсупов(Аязий)” телеграмм каналы бир топар ағзалары Шымбай районына, оның муқәддес пайызлы орынларына саяхатқа атландық. “Ҳәм зиярат, ҳәм саяхат” дегениндей, жолымызды ең әўели Нөкистен Шорша баба қойымшылығы, Ибрайым Юсупов атамыздың қәбири басын зияратлаўдан басладық. Шайыр қәбир тасында мына сөзлерди оқып, кеўил дүньямыз өзгеше толғанысқа түсти: 

Кимдур, қайта несип етсе бул дүнья, 

Былай жасарем, деп өкиниш етти. 

Кимгедур бул әрман керекти, лийкин, 

Ибрайым дүньяға бир келип кетти.

Шымбайға қарай бизди алып темир тулпар қуйындай ушар екен, жол бойы студент жаслардың уллы шайырларымыз Бердақ, Зийўар, ашық Аяз дөретпелерин кәмине келтирип дәсме – дәс айтысып, нама қосықларын хош ҳаўазда кимиси қарақалпақтың аламойнақ дуўтарында, кимиси қазақтың жаңғырған домбырасында атқарып барғанына кеўлимиз толып алыс жолымызды жақын етип, демде дийдилеген мәнзилимизге жетип – ақ қалғанымызды сезбей қалыппыз. Қарақалпақтың идиралды билим орайынан белсенди жаслар киятырғанынан хабар тапқан тийисли тараў ўәкиллеринен Шымбай районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша ҳәким орынбасары Қәлилаев Убайхан аға ҳәм Шымбай академиялық лицейи жанындағы музейдиң   шөлкемлестириўшиси Гаўхар апа Әметова кең пейиллик, өз исине жуўапкершилик, жасларға ғамхорлық, мийманларға терең ҳүрмет иззет пенен кеўлин ашып күтип алды. Олар менен биз бирге академиялық лицей ол жердеги музейде болдық. Бул музей бойлап аралар екенбиз шайыр Ибрайым Юсуповқа тийисли баҳалы экспонатлар, мағлыўматлар менен таныстық, студент жаслар шайыр дөретпелеринен қосықлар оқып уллы дөретиўшилерди еске алдық. Әсиресе, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрьядан келип университетимизде оқып атырған қарақалпақ әдебиятына меҳри бәлент досларымыздың шайыр қосықларын қарақалпақшада айтып бериўлери бул орталықты өзгеше қуўантты.  Оннан соң Шымбайдың көркем орынларынан қарақалпақ миллий саз әсбапларының естелиги майданшасын араладық. Өмирбек лаққы естелигине келдик, бул жердеде шайыр руўхы бизге ҳәмнәпес гезген яңлы: 

Бир геллеге қонып мыңлардың бахты, 

Пақыр пухаралар қыйналған ўақты, 

Ашшы күлки менен журтын жубатып, 

Шымбай жақта өткен Өмирбек лаққы. 

Бул жерден шығып қарекеңше ҳәзил – дәлкек, басқыласпақ пенен саяхатымызды даўам етер екенбиз, поэзия байтереги жүрип өткен жоллардан басып, туўылып өскен аўылына киятырып жазған қосығы ериксиз ядыма түсти: 

“Киндик қаным тамған жерим, 

Аманбысаң аўыл – елим! 

Әстен айда, шофер иним, 

Асфальтыңнан бур оң жаққа, 

Жетпей турып Жармыш жапқа”  деп бизде асфальт жолдан оң жаққа бурылып шайыр “И.Юсупов үй музейине” қәдем қойдық. Музейге киргенимизде бизиң жүрегимиз толқып, қулағымыз ербең етип дыққатымызды сергеклендирип бир ҳаўаз жаңлар еди. Бул – шайыр Ибрайым Юсуповтың өз қосықларын оқып атырғанда жазып алынған сыйқырлы сол бир ири даўысы еди. Бул миймандос пайызлы үй музейинде шайырға тийисли буйымлар, оның китаплары, қол жазбалары, қунлы мағлыўматлар жәмленген. Ендиги нәўбетти Убайхан аға жол баслаўшылығында Жийемурат Ибрайым улы (Күнхожа) ҳәм Бердимурат Ғарғабай улы (Бердақ) шайырларымыздың мақбарасы, Ақымбет бақсы мақбарасына ҳәм арнаўлы музейине келип, баҳалы мағлыўматлар менен таныстық. Ибрайым ҳәм Төлепберген аталарымыз – қарақалпақ әдебиятының 20-әсирдеги қос байтереклери деп тән алынған болса, ал Күнхожа, Бердақ, Әжинияз бабаларымыз өзлери жасап өткен дәўирлердиң тек ғана әдебиятының байтереклери емес, ал сол заман қәҳәрли ханлары менен бийлериниң алдында өз халқы мәпи ушын, абаданлығы, тынышлығы ушын тайсалмай сөйлей алатуғын, шешенликте халқы пайдасына әдиллик шешим қабыл ете алатуғын шебер сөз зергерлери, ораторлар, уллы тулғалар болған. Бул уллы бабаларымыздың мақбараларының ҳәр бириниң тусына барғанымызда шайыр Аязий өзине тән жоқары тон – сахрайы даўыс пенен мына қосықларын оқып берип турғандай сезилди қыялыма:

Заман дәртин дәстан етип тилиңде, 

Халқыңның ар – намыс хүжданы болдың, 

Аяқтағы қарақалпақ елинде, 

Шайырлық мүлкиниң султаны болдың. 

* * * 

Шайыр гезген шөлде бостанлар байып, 

Зарлы заман болды көзлерден ғайып, 

Бир илҳәм перисин көрдим әжайып, 

Айт сен Әжинияздың қосықларынан. 

Бул саяхат даўамында менде айрықша тәсир қалдырған және бир нәрсе – Убайхан аға өзи әдебиятты сүйетуғын, поэзияға жаны қумар, өз кәсибиниң жанкүйери, пидайы ҳәм ҳақыйқый тәжирийбели басшы екен. Ол бизге келгенимиз ушын миннетдаршылық билдирип, оғада кеўли толып шығарып салды. 

“Ўатан қайсы иске шақырған ўақта, 

Бәрҳама буўыўлы бели Шымбайдың.” 

Ҳешқандай материаллық байлықларға алмастырып болмайтуғын бийбаҳа мәдений – руўхый байлықларды бизге мийрас етип қалдырған ата – бабаларымыз пәк руўхлары алдында тәзим етип, бас ийемиз! Усындай уллы тулғаларды дүньяға келтиргениң ушын, оларға қанат байлап, йош – илҳам бергениң ушын сеннен шексиз миннетдармыз Шымбай!

 

Светлана Жалменова,

Шет тиллери факультети, аўдарма теориясы ҳәм әмелияты қәнигелигиниң студенти.

Пайдалы дереклер