Жәмийетке қәлеми өткир журналист керек…

Журналист ҳеш  қашан өзине жоқары баҳа бермеўи,

өз мәплерин халық мәпинен үстем қоймаўы лазым.

Михаил Ломоносов

Журналистика…

 Ол океан. Океан өзиниң көлеми жағынан теңиз, дәрья, көллерден ажыралып турса, журналистика тараўы да басқа тараўлардан халықтың айнасы екенлиги менен өзгешеленеди.

Сонлықтан да, «Төртинши ҳәкимият» дәрежесине көтерилген. Журналистлер жәмийетшиликти информациялар менен үзликсиз тәмийинлейди, оларды турақлы түрде өзлериниң материаллары менен таныстырады. Ҳәттеки, өзиниң өмири қәўип  астында турса да жумысын атқарады.

Юнесконың мағлыўматларына қарағанда, журналистика қәўиплилиги бойынша жақын ўақытқа шекем үшинши орында туратуғын еди, соңынан екинши орынға шықты. Ҳәзирги күнде биринши орында. Себеби, жәҳәнде келиспеўшиликлер көбейип бармақта. Журналистлер бул келиспеўшиликлердиң алдыңғы қатарында болып, оларды ҒҲҚда кең   сәўлелендирмекте.

Журналист ҳәр қандай ўакытта қалыслық ҳәм әдиллик принципин өзлериниң ураны сыпатында қараўы керек. Мейли газета, радио, телевидение, интернетте болсын жәмийетшиликке тек дурыс информацияларды жеткерип бериўи керек. Бир жалған хабар менен кимниңдур шаңарағына суўықшылық түсиўи яки басқаның кеўли ренжиўи мүмкин. Инсанлардың кеўил айнасын сындырыўға болмайды. Сынған кеўил айнасын қайта дүзетиў ҳеш кимниң қолынан келмейди.

Әттең, «Гүриш шигинсиз болмағанындай» арамызда  өзиниң  жеке  мәпи ушын ҳеш нәрседен айбынбайтуғын журналистлер де табылады. Олар жалған ислетип, қалаберсе халықты исендирип, нәпсиниң қулына айланған кимселер. Бундай унамсыз ҳәрекетлер бүгин сезилмеўи мүмкин. Бирақ, ҳалқымызда «Гүзе күнде емес, күнинде сынады» деген гәп бар.

Сөзим жуўмағында соны айтпақшыман, егер журналистлер әдиллик ҳәм қалыслық принципине әмел етпей, тек газета бетлерин толтырыў ушын,  жалған информациялар жазса, өзин басқалардан үстем санаса онда қәлемин өз орнына қойғаны мақул…

Айнура Алишова,

Журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер