Кийиниў мәденияты – әдеплилик белгиси

Бүгин адамлардың кийимине қарап оның жасы, жумыс орны, пикири, ишки дүньясы, мәденияты ҳәттеки психологиясын да билиўимиз мүмкин. Себеби, биринши көрген адамымыз ҳақкында түсиник ериксиз түрде оның кийимине қарап бериледи. Сонлықтан да ата-бабаларымыз «Кийимиңе қарап күтип алады…» деген гәпти бийкарға айтпаған. Бирақ қайсы орынға қандай кийим кийиў керек екенлигин билмей, көпшилик ўақытларда қыйналатуғынымыз бар гәп. Мине, усы кийиниў мәдениятын жаслардың тәрбиясына енгизиў бойынша жүдә көп мәрте айтылады, түсиник жумыслары жүргизиледи, мастер класслар өткериледи. Әлбетте, булар бийкардан-бийкарға емес. Себеби, жаслардың кийиниў мәденияты олар тәрбияланып атырған оқыў орынларының, орталықтың тәрбип-интизамын, жумысларын көрсетип турады.

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент қызлар арасында «Кийиниў мәденияты – әдеплилик белгиси» атамасындағы кийимлер көргизбеси болып өтти. Бунда ҳәр бир факультет жәмәәтинен саралап алынған шебер қоллы студентлердиң қолынан дөреген кийимлери дыққатқа усынылды. Студент қызлардың кийимлер көргизбеси көтериңки кейпиятта күтип алынды. Көргизбеге қойылған кийимлер жасларда үлкен тәсирлер ҳәм қызығыўшылық оятты.

Факультет студентлериниң арасынан ең жақсы кийимлер көргизбесин усынған Шет тиллери факультети Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты қәнигелигиниң 3-курс студенти Сейдеметова Айнура көпшиликтиң алғысына миясар болды. Оның дөреткен кийимлери көпшиликтиң кеўлинен орын алды ҳәм университеттиң, сондай-ақ, Өзбекстан Миллий Тикланиш демократиялық партиясының «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

Оқыў менен бирге усындай ийгиликли ислер менен шуғылланып жүрген студентлерге таўсылмас күш-жигер тилеймиз.

                                     Ш.Алимбетова,

Журналистика тәлим бағдары 2-курс студенти

Пайдалы дереклер